Судқа шақырылған пуқаралар келмеген ўақытта мәжбүрий алып келинеди
Ҳүкимет қарары менен Сорастырыў, дәслепки тергеў органлары ямаса судқа кеширимсиз себеплерсиз бенен келиўден бас тартқан шахсларды мәжбүрий алып келиў бойынша тапсырмаларды орынлаў тәртиби ҳаққындағы нызам тастыйықланды. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар берди.
Нызамға муўапық, мәжбүрий алып келиў ушын сорастырыўшы, тергеўши, прокурордың қарары, жынаят, ҳәкимшилик ямаса пуқаралық ислери бойынша судтиң уйғарыўы тийкар болады.
Пуқаралық ислери бойынша суды мәжилисине мәжбүрий алып келиў ер жетпегенлерге, жүкли ҳаялларға, кеселлиги, жасы ямаса басқа кеширимли себеплерге бола келе алмай атырғанларға қолланылмайды.
Жынаят ислери бойынша ер жетпеген шахсларды мәжбүрий алып келиў олардың ата-аналары ямаса олардың орнын басыўшы шахслар арқалы әмелге асырылады. Мәжбүрий алып келиў ишки ислер органлары тәрепинен саат 06:00ден 22:00 ге шекем болған ўақыт аралығында әмелге асырылады.
Мәжбүрий алып келиў керек болған шахсты жасаў ямаса жумыс орнынан табыўдың имканы болмаса бул ҳаққында қарар (уйғарыў) шығарған сорастырыўшы, тергеўши, прокурор ямаса судья 5 күн мүддетте хабардар етилиўи керек.
Мәжбүрий алып келиў менен байланыслы қәрежетлер мәжбүрий алып келинген шахстан өндириледи.