Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Станбулда 3,5 млрд долларлық келисимлер тастыйықланды



Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Туркия Республикасы Президенти Ражаб Тоййиб Эрдўғанның мирәтине муўапық 2017-жыл 25-26-октябрь күнлери мәмлекетлик сапар менен Туркияда болды. Президенттиң рәсмий сайты хабар бериўинше, Шавкат Мирзиёев 26-октябрь күни Станбулға келди. Ол жерде Өзбекистан Республикасы Президенти ҳәм Туркия Республикасы бас министри Бинали Йилдирим қатнасыўында еки мәмлекет финанс ҳәм исбилермен шеңберлери ушырасыўы болып өтти. 26-октябрь күни Станбулда өткерилген еки мәмлекет исбилермен шеңберлери бизнес-форумында ири энергетика объектлери ҳәм жол инфраструктураларын қурыў, тоқымашылық өнимлери, электр үскенелери, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, азық-аўқат ҳәм агросанаат тармағында заманагөй санаат ҳәм логистика орайларын шөлкемлестириў тараўларында 3,5 млрд долларлық 30 дан артық жойбар бойынша келисимлер тастыйықланды.Президент жақын жылларда Өзбекистан менен Туркия ортасындағы товар алмасыў көлемин 3-4 млрд долларға жеткериў бойынша келисимге ерисилгени, бул еки мәмлекет исбилерменлери ушын кең имканиятлар жаратыўын атап өтти.
 
    2017-10-27 07:17:53 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine