Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Сиясий партиялар жаңалыклары



 
2017-жыл 18-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Мәденият сарайында Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы кеңеси ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети биргеликте Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың 2017-жыл 19-сентябрьдеги БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген баянатының мазмуны ҳәм әҳмийетин үйрениўге бағышланған семинар шөлкемлестирилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутатлары, ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы кеңеси Атқарыў комитети аппараты хызметкерлери, Бердақ атындағы ҚМУ профессор оқытыўшылары ҳәм студент жаслары, партия белсендилери ҳәм де ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Семинарда Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың 2017-жыл 19-сентябрьдеги БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген баянатының мазмуны-мәниси ҳаққында сөз жүргизилди.
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың Америка Қурама Штатларына сапары, БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында жасаған баянаты халқымызға шексиз мақтаныш бағышлады. Бул ўақыя көптен бери күтилгени, Президентимизтиң баянаты адамлардың қәлбинен, кеўлинен терең орын ийелегениниң айқын дәлийли.
Президентимизтиң баянаты мазмуны ҳәм әҳмийети менен айрықша ажыралып турды. Қысқа болыўына қарамай, баянат заманымыздың ең актуал темаларын қамтып алды: Өзбекистандағы реформалар, демократия, инсан ҳуқықлары, жаслар мәселеси, диний кеңпейиллик, халықаралық қәўипсизлик, регионаллық бирге ислесиў, экология ҳәм тағы басқа.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекистанда кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғаны, инсан ҳуқықларын қорғаў күшейгени, халықаралық байланыслар ушын кең еркинлик жаратылғаны, мәмлекетимиздиң жаңа келбети қәлиплестирилип атырғанлығын атап өтти.
Шавкат Мирзиёев дүнья жәмийетшилигиниң ең уллы минберинде турып, мәмлекетимизде соңғы бир жыл даўамында әмелге асырылып атырған халықшыл сиясаттың ең әҳмийетли бағдарларын санап өтти. Бул өзгерислерден гөзленген тийкарғы мақсет — елимизде Конституциямызда беккемленген халық ҳәкимиятын атына емес, бәлким әмелде енгизиў механизмлерин беккемлеўден ибарат екенин толық анализлеп берди.
Семинарда сөзге шыққанлар, усы баянаттың үлкен әҳмийетке ийе екенлиги ҳаққында өз пикирлерин билдирип өтти. Илаж соңында студент жаслар тәрепинен берилген сораўларға толық ҳәм анық жуўаплар берилди.
 
Мырзахмет Тажимуратов
ӨзМТДП ҚР Кеңеси жетекши қәнигеси
 
    2017-10-19 08:13:32 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine