Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Шымбайда жаңа кәрхана иске түсти



Жақында Шымбай районында өндирис кәрханасы иске түсип, онда халқымыздың күнделикли тутыныўы ушын күтә зәрүр болған ки­йим жуўыў унтағы, газ плита ҳәм ыдыс-табақларды тазалайтуғын өнимлер ислеп шығарылмақта. Бул жәми­йеттиң баслығы өткен жылы Шымбай экономика колледжиниң финанс қәнигелигин табыслы тамамлаған Қолдасбаева Мырзахан. Ол «Агробанк»тың Шымбай филиалынан 100 млн. сумлық жеңиллетилген кредит алып, өнимлерди ислеп шығаратуғын керекли үскенелерди Қытай мәмлекетинен алып келди. Ал, шийки зат өнимлерин болса, Қоңырат Сода заводынан, қосылатуғын дәрилерин болса, Таш­кент­теги «Фарэнергохиммашсавдо» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен алып келмекте.
-Дәслеп Ташкентли қәнигелер бизиң кәрханамызға келип, хызметкерлеримизге шийки заттан таяр өнимлер ислеп шығарыўды үйретип кетти,-дейди усы жәмийет баслығы. Ең тийкарғысы жәми­йетте район турғынларынан жумыссыз жүрген 13 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди. Солардың үшеўи колледж питкериўшиси, қалған 10 пуқара усы аймақ тур­ғынлары.
 
Дерек: Шымбай районы ҳәкимлиги
 
    2017-10-17 10:24:46 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine