Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

ШЫМБАЙДА ЛАПГӨЙ ҲӘМ ҚЫЗЫҚШЫЛАР ТАҢЛАЎЫ ӨТКЕРИЛДИ



Шымбай районлық мәденият бөлиминде 27-март халықаралық театрлар күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген ҳәўескер халық театр жәмәәтлери драма ҳәм қуўыршақ театрларының және 1-апрель–күлки күни мүнәсибети менен Жақсымбай Бекмуратов ҳәм Шамурат Өтемуратовлардың жарқын естелигине арнап «Хош кейпият» атамасындағы республикалық лапгөйлер ҳәм қызықшылар таңлаўының ҚарақалпақстанРеспубликалық басқышы өткерилди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етти.
Ҳәр жылы өткерилиўи дәстүрге айланған бул таңлаўға республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 16 жәмәәт қатнасты. Еслетип өтемиз қос таңлаўдың биринши орын жеңимпазлары 5-6-апрель күнлери аралығында Ташкент қаласында өткерилетуғын басқышқа қатнасыў имканиятына ийе болып, жолламаны қолға киргизди.
Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған естелик саўғалары ҳәм диплом менен сыйлықланды.
 
    2018-03-28 12:20:18 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine