Шымбай районында Өзбекстан – улыўма үйимиз атамасында фестиваль өткерилди
Бүгинги күнде елимизде ҳәр түрли миллет ўәкиллери тыныш-татыў жасап келмекте. Тили, дини басқа болыўына қарамастан жергиликли миллет пенен тең ҳуқықлы өмир сүрмекте. Миллетлер-ара татыўлықты еле де беккемлеў мақсетинде республикамыз бойлап «Өзбекстан — улыўма үйимиз» атамасында фестиваль болып өтпекте.
Бул фестифаль 19-декабрь күни Шымбай районында да кең түрде белгиленип, келген мийманлар дәслеп Шымбай акедемиялық лицейинде ылайықлы күтип алынды ҳәм Өзбекстан қаҳарманы, шайыр Ибрайым Юсуповтың мүзейинде болды. Буннан соң қатнасыўшылар лицей оқыўшы жаслары менен ушырасты.
Соңынан райондағы 8-санлы «Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби»нде миллий кийимлер көргизбеси шөлкемлестирилди. Бул мийманларда үлкен тәсир қалдырды. Сондай-ақ, фестиваль даўамында мийманлар «Азиза» рестораны алдында жайылған миллий тағамлар көгизбесин тамашалап, ҳәр қыйлы миллет тағамларынан дәм татты.