Шымбай районы Прокуратурасының мәкемелер-ара муўапықластырыўшы кеңесиниң мәжилиси өткерилди
24-декабрь күни район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Шымбай районы Прокуратурасының мәкемелер-ара муўапықластырыўшы кеңесиниң 2018-жыл 12 айы даўамында район аймағында нызамшылықты беккемлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерин қорғаў, сондай-ақ, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм де ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша исленген жумыслары ҳаққында илаж болып өтти.
Оған район ҳәкимлиги, Прокуратура, Ишки ислер бөлими, райондағы пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымы басшылары, мәкеме-кәрхана басшылары қатнасты.
Илажда бир қатар тараў басшылары баянат жасады. Онда атап өтилгениндей 2018-жыл 12 айы даўамында районда 42 жынаят жүз берип, өткен жылға салыстырғанда 83 ке кемейгенлиги, олардан қастан адам өлтириў 1, денеге жарақат жеткериў 4, алдаўшылық пенен байланыслы 4, урлық 13, жол-транспорт ҳәдийселери 6, нәшебентлик 2, мәмлекет шегерасына нызамсыз кириў ҳәм шығыў 2, ҳәкимшилик бақлаў тәртибин бузғанлығы 1, өзлестириў ҳәм растрата қылыў жолы менен талан-тараж етиў 3, саўда ҳәм хызмет көрсетиў тәртибин бузған 1, қәлбеки ақша, акциз маркалар ҳәм қымбат баҳалы қағазларды таярлаў ҳәм сатыўға байланыслы 1, лаўазымына суўыққанлық пенен қараўға байланыслы 2, сапасыз өним ислеп шығарыў ҳәм сатыў 2 жынаятлар жүз берген.
Илажда бул көрсеткишлерди еле де болдырмаў бойынша тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Мәжилиске район ҳәкими П.Ещанов, Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының аға жәрдемшиси М.Нуратдиновлар қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Дерек: Шымбай район ҳәкимлиги