Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Шотокан каратэ-до: Қарақалпақстан командасы 12 алтын медаль алып екинши орынды  ийеледи



Усы жыл 10-11-ноябрь күнлери Ташкент қаласында балалар ҳәм жас өспиримлер, үлкен жастағылар ҳәм қызлар арасында спорттың шотокан каратэ-до түри бойынша Өзбекстан кубоги жарысы болып өтти, деп хабар бермекте Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Онда Қарақалпақстан Республикасынан, Ташкент қаласынан, сондай-ақ, барлық ўәлаятлардан 700 ге шамалас спортшы қатнасты.
Жарысқа Қарақалпақстан сайланды командасынан 132 спортшы қатнасты.
Жарыс жуўмағында командалық есапта 18 алтын медаль менен Ташкент қаласының командасы биринши, 12 алтын медаль менен Қарақалпақстан Республикасының командасы екинши, 9 алтын медаль менен Ташкент ўәлаятының командасы үшинши орынды ийеледи.
Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғасы менен сыйлықланды.
    2018-11-15 16:42:53 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine