Shomanayda 5 áhmiyetli baslama boyınsha ilajlar ótkerildi
Derek: shomanay.rk.uz
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев тәрепинен белгилеп берилген “Жаслар менен ислесиўди үнемли шөлкемлестириўде мәденият, көркем-өнер, спорт, хабар технологиялары, китап оқыўға қызығыўын асырыў” бойынша 5 әҳмийетли баслама тийкарында Жаслар аўқамы Шоманай районлық Кеңеси тәрепинен ҳәр ҳәптениң жума ҳәм шемби күнлери үгит-нәсият илажлары өткерилип келинбекте. Бүгинги күнге шекем, Шоманай районында 5 басламаны кең түрде үгит-нәсиятлаў, халық, жаслардың хабардарлығын асырыўға қаратылған 120 илаж ҳәм жойбарлар шөлкемлестирилип, 14 мыңнан артық жаслар қамтып алынды.