Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Шоманайда 36 социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға газ плита ҳәм газ балонлар тапсырылды



2018-жылы 1-февраль күни Шоманай районында 36 социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға кәсиплик аўқамлары шөлкемлери, “Махалла” қайырқомлық жәмийети фонды ҳәм басқа да жәмийетлик шөлкемлер тәрепинен Өзбекистанда ислеп шығарылған газ плита ҳәм газ балонлар тапсырылды. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги хабар бермекте.
Усы мүнәсибет пенен өткерилген иләжда Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев, Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўши Полат Торемуратовлар шығып сөйлеп, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған унамлы жумыслар бойынша кеңнен айтып өтти ҳәм жыйналғанларды газ плиталары пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.
Елимизде халықтың мәплерин қорғаў, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын қоллап қуўатлаў ҳәм бул бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың даўамлығын тәмийнлеўден ибарат.
Иләжға кәсиплик аўқамлары шөлкемлериниң белсендилери, Шоманай районының кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
    2018-02-02 10:36:47 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine