Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Шоманай районында пуқараларды қабыллаў өткерилди



Ғалабалық қабыллаў 2018-жыл 14-май куни Шоманай районы «Бегжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Суўшылар бағында болып өтти. Қабыллаўды Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи орынбасары Усманов Алишер Атаханович, Өзбекстан Республикасы Президенти Аппаратының жуўаплы хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Сариев Қаҳраман Раматуллаевич, Өзбекстан Республикасының Министрликлери ҳәм Комитетлери, басшылары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Халимов Ҳакимбай Аширович, Қарақалпақстан Республикасы Министрликлери, Комитетлери басшылары, сондай-ақ Шоманай, Қоңырат ҳәм Қанлыкөл районларының 4 сектор баслықлары (ҳәким, прокурор, ишки ислер бөлими баслығы, Мәмлекетлик салық инспекциясы баслығы) ҳәм кәрхана, мәкеме ҳәмде шөлкемлер басшылары қатнасты. Бул ҳаққында Шоманай район ҳәкимлиги мәлим етти.
Қабыллаўға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Сариев Қаҳраман Раматуллаевич басшылық етти.
Ғалабалық қабыллаўда Шоманай, Қоңырат ҳәм Қанлыкөл районларынан жәми 92 пуқаралар қабылланды. Олардың мүрәжәәтлары орнында шешилди ҳәм бир қатар пуқаралардың мүрәжәәтлары Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрликлери, Ведомоствалары ҳәм Комитетлери тәрепинен қадағалаўға алынды.
 
    2018-05-16 12:08:14 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine