Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Шоманай районында әскер шаңарақларына жаңа турақ жайлар тапсырылды



Шоманай районында жайласқан Өзбекистан Республикасы Миллий қәўипсизлик хызмети шегара әскерлери 9202 Z санлы бөлиминде хызмет етип атырған 16 шаңарақ әскерлери жаңадан салып питкерилген барлық қолайлықларға ийе заманагөй шаңараққа көшип қоныс басты. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги хабар бермекте.
Усы жылы 6-январь күни әскер шаңарақларына жаңа турақ жайлардың гилтин тапсырыўға арналған салтанатлы мәресим өткерилди. Салтанатлы мәресимге Қарақалпақстан Республикасы Ҳүкимет басшылары, Өзбекистан Республикасы Миллий қәўипсизлик хызмети шегара әскерлери, Жоқары командалық қурамынан келген мийманлар шегара әскерлери шаңарақ ағзалары менен биргеликте ҳәм районның «Моншақлы» мәкан пуқаралар жыйынында жасайтуғын бир қатар пуқараралар қатнасты.
Жаңа қурып питкерилген 2 орында жайласқан 8 квартиралы 16 шаңараққа мөлшерленген сметалық баҳасы 3 млрд. 700 млн.сўм туратуғын турақ жай байрам алды әскерлерге саўға болды.
 
    2018-01-08 06:40:59 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine