Шофёрлар ЖПХ хызметшилери менен сөйлесиўин видеоға алыўына рухсат берилди
Жол-патруль хызмети хызметшилериниң жол ҳәрекети қатнасыўшылары менен өз-ара қатнасықлары ҳәм арнаўлы масламалардан пайдаланыў тәртиби ҳаққында нызам (Министрлер Кабинетиниң 1.012.2018-жылдағы 975-санлы қарары) тастыйықланды.
Қарарды тастыйықлаўда көп додаланған мәселелерден бири – ЖПХ хызметшилериниң ҳәрекетин жазып алыў ушын шофёрлардың фотосүўрет, аудио ҳәм видеожазыўдан пайдаланыў ҳуқықы болды. 2018-жыл 4-декабрьден пуқаралардың бул ҳуқықы нызамшылықта туўрыдан-туўры беккемленип қойылды. Бирден-бир шеклеў – фото ҳәм видеожазыўға алыў қадаған белги бар аймақларда рухсат етилмейди.
Егер шофёрларға видеожазыўға алыў ықтыярый болса, ЖПХ хызметшилериниң өзи ушын бул 2019-жыл 1-июльден баслап мәжбүрий болады. Ҳәр бир хызметши видеокамера менен тәмийинленип, жол ҳәрекети қатнасыўшылары менен өз-ара қатнасықларда олардан пайдаланыўы шәрт. ЖПХ хызметшиси хызметин мобиль видеокамерасыз алып барып атырған болса, шофёр 2019-жыл 1-июльден баслап оған өз ҳүжжетлерин көрсетпеўге ҳақылы болады, деп жазады norma.uz.