Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Шет еллердеги Өзбекистан жасларына көмеклесиўши шөлкем дүзилди



Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске мүражатында айтылған ўазыйпалардан келип шығып, Әдиллик министрлиги мекеме формасындағы «Өзбекистан жаслары дүнья жүзлик ассоциациясы» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемин мәмлекет дизиминен өткерди. Бул ҳаққында министрлик сайтында хабар берилди.
Мекеме формасындағы «Өзбекистан жаслары дүнья жүзлик ассоциациясы» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалары Өзбекистан республикасының пуқарасы болған сырт мәмлекетлерде оқып атырған ҳәм мийнет ислеп атырған жаслар менен жумыс алып барыў, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў, Ўатанға садықлық руўҳында тәрбиялаў, сондай-ақ, олардың жәмийетте өз орнын таўып кетиўине көмеклесиў.
 
    2017-12-28 08:12:55 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine