Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Шегара бажыхана постларында қанша автотранспорт нәўбетте турғанын интернет арқалы билиў мүмкин



Мәмлекетлик бажыхана комитети жеңил ҳәм жүк автотранспорт қуралларында ҳәмде автобусларда республикамыздан шығып атырған тасыўшылар ҳәм физикалық шахслар ушын және бир қолайлық жаратты.
– Буннан былай, шегара бажыхана постларындағы шығыў жөнелисинде нәўбетте турған жеңил ҳәм жүк автотранспорт
қураллары ҳәм автобуслар саны туўралы мағлыўматларды Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң рәсмий веб-сайтындағы онлайн таблодан билиў имканияты жаратылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының аға инспекторы    Ж.Сапарбаев. – Буның ушын Мәмлекетлик бажыхана комитети рәсмий веб-сайтының  (www.bojxona.uz яки www.customs.uz)  «Жисмоний шахслар учун» бөлиминдеги «Чегара божхона постларида навбатда турган автотранспорт воситалари сони тўғрисидаги маълумот» бетине кирсеңиз болды.
Усы табло Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң
«Авто» автоматластырылған мәлимлеме системасына интеграцияластырылған болып, ондағы мағлыўматлар ҳәр 6 саатта өз-өзинен автомат түрде жаңаланып барылады.
Буннан басқа, усы хызмет арқалы шегара бажыхана постларында бир сутка даўамында республикамызға кирген яки шыққан автотранспорт қуралларының  саны туўралы мағлыўматларды да көриў мүмкиншилиги бар.
Бул жаңалық ең алды менен шегара бажыхана постларында пайда болатуғын тығылыстың алдын алыў менен бирге тасыўшыларға нәўбетте турған автотранспорт қураллары санынан келип шығып, ҳәрекетлениў жөнелислерин өзгертиўине де жәрдем береди.
 
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
    2019-02-06 16:36:44 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine