Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Шавкат Мирзиёевтиң Туркияға сапарының сәнеси белгили болды



Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёев 25-27-октябрь күнлери Туркияға барады. Туркия экономика миниистрлигиниң мағлыўматына қарағанда, сапар Туркия Президенти Ражаб Тоййиб Эрдўғон мирәтине бола әмелге асырылады.
Туркия Сыртқы экономикалық байланыслар кеңеси мағлыўматына қарағанда, Шавкат Мирзиёевтиң Туркияға сапары шеңберинде 26-октябрь күни Истанбулда Өзбекистан-Туркия бизнес-форумы өткерилиўи белгиленген.
Еслетип өтемиз, Шавкат Мирзиёев октябрь айында Туркияға сапары усы жылдың августында мәлим болған еди.
Туркия Президенти Ражаб Тоййиб Эрдўғон усы сапар еки мәмлекет ортасындағы бүгинги күндеги қатнасықларды жаңа басқышқа көтериўде әҳмийетли екенине исеним билдирген
    2017-10-23 07:22:49 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine