Шавкат Мирзиёев Ташкентке қайтып келди
Президент Шавкат Мирзиёев 6-декабрь күни Ғәрезсиз мәмлекетлер дослық аўқамына ағза мәмлекетлер Мәмлекет басшылары кеңесиниң Санкт-Петербург қаласында болып өткен нәрәсмий жыйналысында қатнасты.
Президентимизди Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин күтип алды. Ушырасыўда Дослық аўқамы мәмлекетлериниң саўда-экономикалық шерикшилигин еле де раўажландырыў, өз-ара саўда көлемин арттырыў, транспорт-коммуникация потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, сондай-ақ, қәўипсизликти беккемлеў, заманагөй қәўип қәтерлердиң алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиў мәселелерине итибар қаратылды.
Саммит шеңберинде Шавкат Мирзиёев бир қанша мәмлекетлер басшылары менен еки тәреплеме сәўбетлер өткерди.
Сол күни Өзбекстан Президенти Санкт-Петербург қаласына сапарын жуўмақлап Ташкентке қайтып келди.