Шавкат Мирзиёев Самарқандта
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-январь күни Самарқанд ўәлаятына барды. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети
хабар берди.
Атап өтилиўинше, мәмлекет басшысы ўәлаятта қурылып атырған үй-жайлар, илимий ҳәм мәдений объектлер, экономикалық жойбарлар менен танысады.
Түстен кейин Самарқанд қаласында белсендилер қатнасыўында жыйналыс өткериледи, делинген хабарда.