Шавкат Мирзиёев Самарқандқа кетти
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-январь күни Ташкент қаласында Ислам Каримов естелигине гүллер қойды. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди. Мәмлекет басшысының 2017-жыл 25-январьдағы «Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Абдуғаниевич Каримовтың ядын мәнгилестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, ҳәр жылы биринши президент туўылған сәне – 30-январь күнин кең белгилеў тастыйықланған.
Шавкат Мирзиёев Ислам каримовты еслеў илажларында қатнасыў ушын Самарқандқа кетти.