Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Шавкат Мирзиёев Россия Президенти менен ушырасады



26-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Илҳом Неъматов Россия Федерациясы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Владимир Тюрденев пенен ушырасып, Өзбекстан – Россия күн тәртибиниң ҳәм Санкт-Петербург қаласында болып өтетуғын ҒМДА қатнасыўшы мәмлекетлери басшылары рәсмий емес ушырасыўының әҳмийетли мәселелерин додалады. Бул ҳаққында Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызмети хабар берди.
Сәўбет ўақтында халық аралық ҳәм аймақлық сиясаттың айырым мәселелери бойынша пикир алмасылды, - делинген хабарда.
Мағлыўмат ушын, саммит усы жылдың 6-декабрь күни өткерилиўи белгиленген. Усы күни Санкт-Петербургта Евроазия экономикалық шерикшилиги шөлкемине ағза мәмлекет басшыларының да жыйналысы болып өтеди.
    2018-11-27 11:40:27 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine