Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Шавкат Мирзиёев Хорезмге кетти



Шавкат Мирзиёев социаллық-экономикалық жойбарлар менен туўрыдан-туўры танысыў мақсетинде Хорезм ўәлаятына кетти. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.  
Өзбекстан Президенти сапар шеңберинде усы ўақытқа шекем орынланған жумысларды анализлеў, барлық тараўларды раўажландырыў бойынша әмелге асырылыўы керек болған баслы жөнелислер ҳәм әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп бериўи режелестирилген.
Еслетип өтемиз, буннан алдын Шавкат Мирзиёев Хорезм ўәлаятына усы жылдың апрель айы соңында барған еди. Буған шекем Беруний районының бурынғы ҳәкими Фарход Эрманов  Хорезм ўәлаяты ҳәкими ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы етип тайынланған еди.
    2018-11-29 17:08:26 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine