Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Шавкат Мирзиёев Францияниң ири компаниялары басшылары менен ушырасыў өткерди



Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди. Ушырасыўда Өзбекстанда шет ел инвесторлар ушын кең имканиятлар жаратылғаны атап өтилди. Олардың искерлигин хошаметлеў ҳәм қорғаў ушын керекли норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер қабылланды. Бизнести раўажландырыў жолындағы түрли тосқынлықлар сапластырылды, сыртқы саўда ҳәм бажыхана-тариф бақлаўы сезилерли дәрежеде қысқартылды.
Президентимиздиң басламасы менен ислеп шығылған салық сиясатын жетилистириў концепциясы исбилерменлер ҳәм инвесторлар ушын үлкен қолайлықлар жаратады.
Өзбекстан ҳәм Франция финанс шөлкемлери, фирма ҳәм компаниялары ортасындағы шерикшиликти еледе раўажландырыў мәселелери, өз-ара товар жеткериў ҳәм хызмет көрсетиў көлемин асырыў мәселелери додаланды.
    2018-10-09 06:55:13 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine