Шавкат Мирзиёев Дмитрий Медведевты қабыллады
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-ноябрь күни мәмлекетимизге рәсмий сапар менен келген ҳәм Ғәрезсиз мәмлекетлер дослық аўқамы Ҳүкимет басшысы кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасатуғын Россия Федерациясы Ҳүқимет басшысы Дмитрий Медведевти қабыллады. Бул ҳаққында president.uz хабар бермекте.
Сәўбет даўамында усы жылдың апрель айында Москва қаласында өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер, еки мәмлекет басшыларының ушрасыўлары, октябрь айында Ғәрезсиз мәмлекетлер дослық аўқамының Сочи Саммити шеңбериндеги сәўбетлесиўи стратегиялық шериклик ҳәм бирге ислесиў мүнәсибетлерин беккемлеўге күшли тәсир бағышлағаны, өз-ара шерикликти сапа жағынан жаңа мазмун менен байытқаны айрықша атап өтилди.
Көп тәреплемели Өзбекистан – Россия мүнәсибетлерин жәнеде кеңейттириў, өз-ара саўда көлемин көтериў, экономиканың түрли тармақларында қосымша кооперация жойбарларын турмысқа енгизиў, мәдений-гуманитар байланысларды раўажландырыў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2- ноябрь күни Тәжикстан, Қазақстан, Беларусь ҳәм Туркменстан ҳүкиметлери басшыларын қабыллады.