Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Шавкат Мирзиёев Аўғаныстан Президенти менен ушырасады



Президентимиз Шавкат Мирзиёев басламасы менен 26-27-март күнлери Ташкентте болып атырған «Тынышлық жағдайы, қәўипсизлик тараўында шерикшилик ҳәм аймақлық шерикшилик» атамасындағы Ташкент конференциясы баспасөз орайы өз жумысын даўам етип атыр.
Бүгин «Өзбекстан ҳәм Аўғаныстан ортасындағы мәдений-гуманитар ҳәм билимлендириў тараўларындағы шерикшилик мәселелери» атамасында додалаў болып өтти.
Буннан тысқары, Усы конференция шеңберинде Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Аўғаныстан Презденти Муҳаммад Ашраф Ғани менен ушырасады. Бул ҳаққында конференция баспасөз баслығы хабар берди. Шавкат Мирзиёев 26-март күни АҚШ мәмлекет департаменти сиясий мәселелер бойынша орынбасары Томас Шэннонды қабыллайды.
Президентимиз 27-март күни Европа Аўқамы қәўипсизлик ҳәм сыртқы сиясат мәселелери жоқары комиссары Федерико Могерини, Россия сырткы ислер министри Сергей Лавров, Туркия сыртқы ислер министри Мавлуд Чавушўғли ҳәм Пакистан сыртқы ислер министри Хаваж Муҳаммад Асифни қабыллайды.
Конференция ҳаққында кейинги эфиримизде мағлыўмат беремиз.
 
    2018-03-26 12:14:47 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine