Шавкат Мирзиёев 2019-жылы Японияға барады
Өзбекстан президенти 2019-жылы Японияға барыўы күтилмекте. 24-декабрь күни Сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Илҳом Неъматов Япония елшиси Нобуаки Ито менен 2019-жылдағы жоқары дәрежедеги еки тәреплеме ушырасыўлар кестесин додалаған.
Министрликтиң хабарына қарағанда, сәўбетте Өзбекстан – Япония күн тәртибиниң басқа мәселелери ҳәм 2018-жылдағы шериклик жуўмақлары да додаланған.