Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Shamshetdin Bawatdinovqa húrmetli professor ataǵı berildi



Derek: paziylet.uz
 
Қураны кәриймниң қарақалпақ тилиндеги биринши аўдармасын ислеген Шамшетдин Бауатдинов Салиевичке Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Ҳүрметли профессоры атағы берилди.
Атақ Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимленидириў министрлиги Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети илимий кеңесиниң 2019-жыл 2-июль күнги қарары менен (12-санлы баянламасы) берилди. Усыған байланыслы университтетте салтанатлы илаж өткерилди.
Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы, Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты директоры Бауатдинов Шамшетдин (әдебиятларда Шамсуддин Баҳауддинов аты менен таныс болған) автордың усы күнге шекем оннан аслам атамадағы басқада китаплары баспадан шығарылып, халқымызға инам етилген.
 
 
    2019-07-03 15:47:36 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine