Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Saylaw nızamshılıǵı úgit násiyatlandı



Derek: kknews.uz
 
Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы халықаралық баспасөз орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминде усы жылдың 22-декабрь күни  Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары жергиликли Кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўға бағышланған брифинг болып өтти.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қарарына муўапық усы жылдың 20-октябринен 20-ноябрине шекем «Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы» өткерилмекте. Илаждан гөзленген мақсет, сайлаўшылардың ҳуқықый билимлерин еле де жетилистириў, сайлаў мәдениятын арттырыў, халықтың болажақ сайлаўларда белсене қатнасын тәмийинлеў, усы арқалы оларда елимиздиң келешегине қатнас сезимлерин жетилистириўге қаратылған.  Қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша сайлаў комиссияларының ағзалары тәрепинен әдиллик уйымларының қәнигелери менен биргеликте аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында, мийнет жәмәәтлеринде, оқыў орынларында «Сайлаў нызамшылығындағы өзгерислер» темасында ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери өткерилип, ғалаба хабар қуралларында шығыўлар шөлкемлестирилмекте.
 
    2019-11-07 16:41:18 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine