Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Салық тараўындағы мәмлекетлик хызметлер көрсетиў бойынша ҳәкимшилик регламентлер тастыйықланды



Салық тараўындағы мәмлекетлик хызметлер көрсетиў бойынша ҳәкимшилик регламентлер тастыйықланды, деп хабар берди Әдиллик министрлиги.
Мәмлекетлик салық хызмети тараўында мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўдиң айырым ҳәкимшилик регламентлерин тастыйықлаў ҳаққындағы Ҳүкимет қарары қабыл етилди.
Қарар менен, Салық төлеўши физикалық шахсларды мәмлекетлик салық хызмети органларында есапқа қойыў, оларға салық төлеўшиниң идентификация номерин бериў ҳәмде Салық төлеўшиниң салықлар ҳәм басқа мәжбүрий төлемлеринен салық қарызы бар ямаса жоқлығы ҳаққында мағлыўматнама бериў бойынша мәмлекетлик хызметин көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентлери тастыйықланды.
Усы хызметлерден пайдаланыў ушын  Мәмлекетлик хызметлери орайлары ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы ямаса Мәмлекетлик салық комитетиниң расмий веб-сайтына мүрәжат етиледи.
Мәмлекетлик хызмети көрсетилгенлиги ушын жыйым өндирилмейди.
    2018-10-16 16:07:37 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine