Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Salıq tarawındaǵı jańa ózgeris



 
Салық системасын жетилистириў, экономикада жасырын айланбаны қысқартырыў ҳәм Өзбекстан Республикасы салық сиясатын жетилистириў концепциясының тийкарғы жөнелислерин әмелге асырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 10-июльдағы «Салық ҳәкимиятшылығын жетилистириў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында»ғы ПҚ-4389-санлы қарары қабыл етилди. Усы қарарға тийкарланып, исбилерменлик субъектлери анықланған салыққа байланыслы ҳуқықбузарлықты тән алып, мәмлекетлик салық органларының салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық ушын жуўапкершиликке тартыў ҳаққындағы шешимди алған күннен баслап он күн мүддет ишинде финанслық жәриймаларды ықтиярый рәўиште төлесе, исбилерменлик субъектлериниң лаўазымлы шахслары яки хызметкерлери ямаса исбилерменлик пенен шуғылланыўшы пуқаралар усы ҳуқықбузарлық ушын нызам хүжжетлеринде белгиленген жынайы ҳәм ҳәкимшилиқ жуўапкершиликтен азат етиледи.  Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил аппараты бас инспекторы ў.а. Бахадыр Даулетияров хабар берди.
 
 
    2019-07-16 18:05:43 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine