Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Россия  ҳәм Қазақстан темир жол жөнелислерине 45%ке шекем шегирмелер енгизилди



2018-жылдан баслап Россия ҳәм Қазақстан темир жол жөнелислерине туўрыдан-туўры жолаўшы рейслерине шегирмелер енгизилди. Бул ҳаққында kun.uz дерегине тийкарланып хабар бермекте.
2-январьдан баслап билетлердиң алдыннан сатып алыў мүддетине қарап төмендегише шегирмелер белгиленди:
- егер жолаўшы купе ҳәм арнаўлы вагонлар ушын билетти поезд кетиў күнинен 45-31 сутка алдын сатып алса, 45%ке шекем шегирмеге ийе болады;
- егер жолаўшы купе ҳәм арнаўлы вагонлар ушын билетти поезд кетиў күнинен 30-6 сутка алдын сатып алса, 35%ли шегирме алады.
- егер жолаўшы плацкарт ушын билетти поезд кетиў күнинен 45-31 сутка алдын сатып алса, 35% ли шегирме усынылады;
- егер жолаўшы плацкарт вагонлар ушын билетти поезд кетиў күнинен 30-6 сутка алдын сатып алса, 35% шегирме бериледи;
- егер жолаўшы билетти поезд кетиў күнинен 5 сутка алдын ҳәм оннан көбирек ўақыт қалғанда сатып алса, 5% ли үстеме қосылыўы мүмкин;
Бул шегирмелер ишки жөнелислер, сондай-ақ, жәмлескен жолаўшылар топарына қолланылмайды.
    2018-01-04 12:15:14 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine