Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Россия биринши мәрте кең қурамдағы делегация менен Өзбекстанға келеди



Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң Өзбекстанға сапары шеңберинде бизнес тараўында 20 млрд доллар әтирапындағы келисим ҳәм шәртнамаларға қол қойылыўы күтилмекте. Бул ҳаққында ҳүкимет ўәкили мәлим етти, деп жазады Kun.uz сайты.
Атап өтилиўинше, Россия биринши мәрте кең қурамдағы делегациядан ибарат болған ҳалда Өзбекстанға келеди. Ҳүкиметлик басшылар, ири бизнес ўәкиллеринен қуралған делегация ағзалары 800 ден асламды қурайды. Усы ўақытқа шекем Өзбекстанға келген Россия делегациясы саны 200 адам қурамында болған.
Сондай-ақ, Россияның 70 тен аслам атақлы жоқары оқыў орынлары ректорлары да келеди ҳәм Өзбекстанда биринши мәрте «Ректорлар форумы» өткериледи. Онда Өзбекстан ҳәм Россия жоқары оқыў орынлары арасында бирге ислесиў мәселелери де додаланады.
Атап өтилгениндей, сапарды Россия ҒХҚларының 200 ден аслам журналистлери сәўлелендиреди. Буның ушын барлық шараятлар жаратылады.
    2018-10-15 16:36:54 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine