Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ражаб Тоййиб Эрдуғанның Өзбекстанға сапары жуўмақланды



Туркия Республикасы Президенти Ражаб Тоййиб Эрдуған Өзбекстанға мәмлекет сапары нәтийжели ҳәм мазмунлы болды, деп хабар  бермекте Президент баспасөз хызмети.
Мәмлекет Басшыларының Көксарайда болып өткен сөйлесиўлери нәтийжесинде 25 ҳүжжет имзаланды. Экспоорайда еки мәмлекет исбилерменлери 3 миллиард долларлық келисимлерге еристи. Бухарада болған зиярат ушырасыўларға мазмун берди. Соның менен Туркия Президентиниң мәмлекетимизге сапары жуўмағына жетти.
Ражаб Тоййиб Эрдуғанды Бухара халық аралық аэропортында Президент Шавкат Мирзиёев шығарып салды. Еслетип өтемиз, Туркия мәмлекет басшысы Сеулға пәрўаз етип, ол жерде 2-май күни Қубла Корея Президенти Мун Чжэ Ин менен бирге-бир ҳәм кеңейтилген формада ушырасыўлар өткереди.
 
    2018-05-02 06:34:38 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine