Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

РАЙОНЛАРДА «САЛАМАТЛЫҚ МЕКТЕПЛЕРИ» ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛМЕКТЕ



Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2017-жыл 29-марттағы ПҚ-2857-санлы ҳәм Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 13-сентябрьдеги 718-санлы қарарына муўапық, усы жыл 2-февральда Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм бир қатар министрликлер менен шөлкемлердиң бирликтеги «Саламатлық мектеплерин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қоспа қарары қабыл етилген еди.
Оның жумысларын турақлы түрде үйренип барыў мақсетинде мониторинг топары дүзилип, усы күнге шекем бир қатар илажлар әмелге асырылды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етти.
Беруний районында «Саламатлық мектеплери»н шөлкемлестириў, патронаж хызметин еле де жақсылаў мақсетинде айтарлықтай жумыслар исленген. Бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте семинарлар шөлкемлестирилип, қала ҳәм районлардан келген қәнигелер тәрепинен районда жасайтуғын халықтың социаллық жағдайы менен танысыў, машқалаларын анықлаў ҳәм оларды сапластырыў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў илажлары әмелге асырылған.
 
    2018-04-05 06:52:56 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine