Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ravon избе-из сегиз айдан берли Россия базарында бир дана да автомобиль сата алмады



Бул ҳаққында Европа бизнеси ассоциациясы мағлыўматларында айтылған, деп жазады «Халқ сўзи онлайн». Онда айтылыўынша, 2019-жыл январында Ravon брендиндеги автомобильдиң бир данасы да сатылмаған. Россия базарында бул автомобиллер сатыўы тоқтап қалған.
Салыстырыў ушын, компания 2018-жыл январында дерлик 1,5 мың дана машина сатқан ҳәм Россия автобазарының 1,4 процентин ийеледи.
2019-жылдан баслап болса, компанияның Россия базарындағы үлеси 0 процентке түсип қалды. Бул көрсеткиш 2018-жыл жуўмақлары бойынша 0,3, 2017-жылы болса 0,9 процентке тең еди. Еслетип өтемиз, соңғы мәрте Ravon Россия базарында 2018-жыл май айында автомобиллерди сатқан.
    2019-02-14 11:02:53 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine