Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Quwanıshlı xabar: Qaraqalpaqstanlı jurnalist sıylıqlandı



Derek: kknews.uz
 
 «27-июнь – ғалаба хабар қураллары ҳәм баспасөз хызметкерлери күни» мүнәсибети орынларда байрамға бағышланған илажлар өткерилмекте.
Ташкент қаласындағы Өзбек Миллий академиялық драма театрында өткерилген салтанатлы илажда, Президентимиздиң байрам қутлықлаўы оқып еситтирилип, бир топар ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери ҳүрметли атақ, орден ҳәм медаллар менен сыйлықланып, солардың қатарында 2009-жылдан берли Қарақалпақстан хабар агентлигиниң бас редакторы лаўазымында жумыс ислеп киятырған инсан, усы агентликте ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларында жумыс ислеп атырған көплеген журналистлердиң устазы Қуўатбай Есебаев «Меҳнат шуҳраты» ордени менен сыйлықланды.
Қ.Есебаев 41 жыл даўамында усы тараўда жумыс иследи. Ол өз мийнет жолын Нөкис районындағы газета редакциясында баслап, бир неше лаўазымларда ислеген.
 
    2019-06-28 16:21:46 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine