Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Qońsı elden oqıwdı kóshiriw 15-martqa shekem sozdırıldı



Derek: kknews.uz
 
Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша Мәмлекетлик комиссияның 2020-жыл 4-февральдағы 12-санлы протоколы менен қоңсы мәмлекетлер (Тәжикстан, Қырғызстан ҳәм Қазақстандағы жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырған Өзбекстан Республикасының пуқараларына оқыўды республикамыз жоқары билимлендириў мәкемелерине көшириў бойынша арза тапсырыўға рухсат етилген еди.
Пуқараларға қосымша қолайлылық жаратыў мақсетинде арзаларды қабыл етиў мүддетти 2020-жыл 15-мартқа шекем созылды.
Республиканың барлық аймақларында биреўден жоқары билимлендириў мәкемесинде Аймақлық жумысшы топарлар шөлкемлестирилген.
Талапкерлер 2020-жыл 15-мартқа шекем турақлы жасаў аймағында шөлкемлестирилген жумысшы топарға төмендеги ҳүжжетлерди усыныўлары зәрүр:
арза (орнында толтырылады); рейтинг дәптери ямаса академиялық мағлыўматнама(транскрипт) нусқасы; паспорт нусқасы;
Сырт ел билимлендириў мәкемелеринен студентлер оқыўды республика жоқары билимлендириў мәкемелерине көшириў төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылады.
Оқыўды көшириўде ҳеш қандай имтихан болмайды!
 
    2020-02-12 15:17:30 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine