Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Qaraqalpaqstanlı oqıwshılar múddetinen aldın student boldı



Derek: Qaraqalpaqstan xabar agentligi
 
Кәсип-өнер колледжлери, академиялық лицейлер ҳәм улыўма орта билим бериў мектеп оқыўшылары арасында усы жылдың 8 ҳәм 10-июнь күнлери аралығында Ташкент қаласында болып өткен пән олимпиадасының жуўмақлаўшы басқышында республикамыз оқыўшылары улыўма командалық есапта Өзбекстанда екинши орынды ийелеп қайтты.
12-июнь күни Нөкис темир жол вокзалында пән олимпиадасының қатнасыўшылары салтанатлы жағдайда күтип алынды.
Пән олимпиадасында республикамыз оқыўшылары жоқары нәтийжелерге еристи. Атап айтқанда, Қоңырат районындағы 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Балнура Орынбаева қазақ тили ҳәм әдебияты, Қараөзек районындағы 1-санлы  улыўма орта билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Айзада Тилеўова қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен биринши орынды ийелеп, мүддетинен алдын жоқары оқыў орнының студентлери болыў бахтына миясар болды. Сондай-ақ, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы академиялық лицейдиң оқыўшысы Мухсина Хайдарова өзбек тили пәнинен екинши, усы лицейдиң оқыўшысы Азада Садықова қарақалпақ тили пәнинен үшинши, Шоманай агроэкономика колледжиниң оқыўшысы Гүлпаршын Ермағанбетова қарақалпақ тили пәнинен үшинши орынды қолға киргизди.
 
 
    2019-06-13 17:19:01 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine