Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Qaraqalpaqstanlı Jansulıw Xalıq aralıq tańlawdıń 2-basqısh jeńimpazı boldı



 
Усы жылдың 3-апрелинен 14-июль күнине шекемги аралықта Халық аралық "Central Asia's Got Talent"таңлаўының 1-басқыш кастинги 4 мәмлекет, яғный, Тәжикстан, Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Қазақстанда онлайн түрде болып өтти. Кастинг нәтийжелери 12-13-июль күнлери жәрияланды. Бул таңлаўда Қарақалпақстаннан Татлимуртова Жансулыў Алибек қызы да қатнаспақта.
Қарақалпақстанлы Жансулыў гимнастика жөнелиси бойынша 20-июль күни өткерилген таңлаўдың 2 турында да жеңимпаз болып, Қазақстанның Алма-ата қаласында болып өтетуғын 3-басқыш ярым финалына жоллама алды.
Мағлыўмат ушын, Татлимуртова Жансулыў Алибек қызы 2007-жылы 5-ноябрьде туўылған. Еки ярым жасынан баслап гимнастика менен шуғылланады.
 
 
    2019-07-24 18:00:00 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine