Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Qaraqalpaqstanda Oliy Majlis Senatı aǵzaları saylandı



Derek: kknews.uz
Усы жылдың 17-январь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзаларын сайлаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатларының қоспа мәжилиси болып өтти. Илажда:
63-санлы «Қаракөл» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов;
26-санлы «Жийдели-Байсын» сайлаў округинен халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты, «Қарақалпақ әдебияты» газетасының Бас редакторы Г.Аннақлышева;
36-санлы Хожели сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Ташкент  педиатрия медицина институты Нөкис филиалының директоры О.Атаниязова;
54-санлы «Халқабад» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы А.Данияров;
29-санлы «Жамбасқала» сайлаў округинен халық депутатлары Төрткүл районлық Кеңесиниң депутаты,  Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының комитет баслығы Б.Матмуратов;
46-санлы «Кетенлер» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, «Нураний» қорының Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Ш.Уснатдиновлар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары етип сайланды.
 
    2020-01-20 11:44:58 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine