Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Qaraqalpaqstan Respublikası bajıxana basqarması baspasóz konferenciyasın ótkerdi



Derek: Basqarma baspasóz xızmeti
 
Баспасөз конференциясында елимизде инвесторлар ушын қолай шараятлар жаратыў, исбилерменлик субъектлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, бул бағдарда барлық бюрократиялық тосықларды сапластырыў бойынша соӊғы жыллар даўамында бир қатар әҳмийетли Пәрман ҳәм Қарарлар қабыл етилип, исбилерменлер ушын дерлик барлық имканиятлар жаратылғаны сөз етилди. сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана уйымларының 2019-жыл басынан алып барған жумыслары, сыртқы экономикалық байланыслар қатнасыўшылары ушын әпиўайыластырылған бажыхана тәртип-қағыйдалары, атап айтқанда 2019-жылыӊ 1-мартынан баслап бажыхана рәсмийлестириўи процессине толық рәўиште енгизилген “Қәўипти басқарыў автоматластырылған системасы”, оның абзаллық тәреплери ҳаққында тараў қәнийгелери тәрепинен толық мағлыўматлар берилди.

Илажда басқарма басшылығы журналистлерди 27-июнь “Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни” байрамы менен қутлықлап, Бажыхана уйымларына тийисли жаңалықларды, өзгерислерди, алып барылып атырған жумысларды ғалаба хабар қураллары арқалы жәриялап атырған тараў ўәкиллерине Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының алғыснамалары билдирилди.
 
    2019-06-26 17:20:44 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine