Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Qaraózekte bazar janındaǵı kópir paydalanıwǵa tapsırıldı



Derek: Qaraózek xabarları
 
Қараөзек районы “Ғәрезсизлик гүзары” мәкән пуқаралар жыйыны аймағынан өтиўши мелиоратор коллекторының ПК 105+06 да жайласқан ишки хожалық көпириниң қурылыс жумыслары жуўмағына жетти. “Келешек строй монтаж” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен исленген жумысқа сметалық баҳасы 260,0 млн. сўмлық қаржы ажыратылды. Қурылыс 2019-жыл  27-июн күнинен басланып, 2019-жылдың 21-июль күни өз жуўмағына жетти. Усы күни қурылыс обьектиниң ашылыў мәресими болып өтти.   Ашылыў салтанаты барысында көпирдиң қурылыс жумысларында белсенди қатнасқан қурылысшыларға район ҳәкимлиги тәрепинен миннетдаршылықлар билдирилип, баҳалы саўғалар тапсырылды.
 
    2019-07-22 16:46:25 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine