Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Qaraózek hám Taxtakópir jasları menen ushırasıw ótkerildi



Derek: qoraozak.rk.uz
2020-жыл 16-январь күни Өзбекстан Республикасы Президент мәсләҳәтшиси, Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар Министри генерал-лейтенант Турсынхан Худайбергенов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Ерниязов  Тахтакөпир районындағы Агрокомплексте шарўашылық, исбилерменлик пенен шуғылланыўды басламақшы болған Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районлары жаслары менен ушырасты. Буннан соң Тахтакөпир районлық  17-санлы музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде белсенди, спортшы, исбилермен  талантлы жаслар менен ушырасты. Ушырасыў соңында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы М.Ерниязов  тәрепинен райондағы спортшы, белсенди жасларымызға естелик саўғалар тапсырылды.
 
    2020-01-20 11:44:31 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine