Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Пуқаралардың ѳзин-ѳзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси мәжилиси ҳаққында



Пуқаралардың ѳзин-ѳзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен  2017-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2018-жылға белгиленген ўазыйпалар ҳаққында кеңейтирилген мәжилиси болып өтти.
Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Сағындық Турманов, Министрлер Кеңеси, Өзбекистан Кәсиплик аўқамлары бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, Ишки Ислер Министрлиги, Өзбекстан Республикасы маҳаллелер Кеңеси, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ағзалары ҳәм тийисли тараў қәнигелери қатнасты.
Мәжилис  кун тәртибинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң  2017-жыл 22-декабрь күнги Олий Мажлиси палаталарының қоспа мәжлисиндеги Мүрәжатнамасы ҳәм 2017-жыл 15-16-декабрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында белгилеп берген ўазыйпалары, сондай-ақ Президентимиздиң 2017-жыл 3-февралдағы «Мәҳәлле институтын жәнеде жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрмынының орынланыўы, «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» Мәмлекетлик дәстүри, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси аппаратының Ис режеси ҳәм жумысларының нәтийжелишгин жәнеде асырыўға қаратылған қосымша ис-илажлар  ҳаққындағы Дәстүрдиң орынланыўы ҳаққында сөз болды.
Мәжилисти Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының биринши орынбасары Тажибай Романов басқарып барды ҳәм жетискенликлер менен бир қатарда орын алған кемшиликлерге кеңнен тоқтап өтти. Соның менен бирге 2018-жылда халықтың социаллық қорғаўға мүтаж қатламларын қоллап-қуўатлаў, пуқаралар жыйынларының материаллық-техникалық базасын бекккемлеўге қаратылған ис режелер ҳаққында баянат берди.
 
Е.Мамутов
    2018-01-09 12:31:42 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine