Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Прокуратура органлары хызметкерлерине үй-жай ҳәм машина сатып алыў ушын процентсиз қарыз бериледи



Ҳүкимет қарары менен Прокуратура органлары хызметкерлерине жеңилликли шәртлерде кредитге үй-жай ҳәм автотранспорт қуралларын сатып алыў ушын дәслепки төлемди киргизиў мақсетинде Мәжбүрий орынлаў бюросының раўажландырыў фонды қәрежетлери есабынан процентсиз қарыз бериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Усы реже Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, Бас прокуратура Академиясы, Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти, Мәжбүрий орынлаў бюросы ҳәмде Агросанаат жыйнағы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясы, Бас прокуратура жанындағы Мәлимлеме-анализ мультимедиа орайы ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросын раўажландырыў фондының басқарыў хызметкерлери, сондай-ақ, прокуратура органларының әмелдеги кадрлар захирасына киргизилген хызметкерлерине жеңилликли шәртлерде кредитге үй-жай ҳәм автотранспорт қуралларын сатып алыў ушын дәслепки төлемди киргизиў мақсетинде Мәжбүрий орынлаў бюросын раўажландырыў фонды қәрежетлери есабынан процентсиз қарыз бериў тәртибин белгилейди.
Бунда қарыз бериў мәселелерин көрип шығыў ушын комиссия шөлкемлестириледи.
Хызметкер қарыз алыў ушын комиссияға арза менен биргеликте төмендеги ҳүжжетлерди усынады:
 - паспорт нусқасы;
 - үй-жай яки автотранспорт қуралын сатып алыў бойынша дүзилген шәртнама нусқасы;
 - кепилдиң паспорты нусқасы ҳәм дәраматлары ҳаққындағы мағлыўматнама.
Қарыз муғдары сатып алынатуғын үй-жай ҳәм автотранспорт қуралы баҳасының 25 процентинен аспаўы лазым.
Қарыз шәртнамасы Мәжбүрий орынлаў бюросын раўажландырыў фонды ҳәм хызметкер арасында, қағыйда ретинде, автотранспорт қуралы бойынша 5 жыл, үй-жай бойынша болса 10 жыл мүддетге дүзиледи.
Хызметкердиң ыхтыяжын инабатқа алып, белигили бир кредит түри ушын қарыз берилген ўақыттан 3 жыл өткеннен соң ҳәм қарыз толық қайтарылган жағдайда әне сол кредит түри бойынша такирар қарыз берилиўи мүмкин.
 
Дерек: Әдиллик министрлигиниң Телеграм каналы
https://t.me/huqiqiymalimleme
    2018-10-29 12:16:15 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine