Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Президент ҳаўасы ең көп патасланған қалаларды санап өтти



Шавкат Мирзиёев басшылығында 2-февраль күни Өзбекистанда экологиялық жағдай анализи ҳәм оны жақсылаўға арналған жыйналыс болып өтти, деп хабар бермекте Президент баспасөз хызмети.
Мәжилис даўамында Президент Андижан, Ангрен, Бухара, Наўайы, Фергана, Олмалиқ, Бекабад, Шыршық, Ташкент ҳәм Нөкис қалаларында ҳаўаның шаң менен патасланыў дәрежеси белгиленген санитар нормалардан 2,7 есе артықша екенин айтып өтти.
Бул жағдай себепли, Мәмлекетлик Тәбиятты қорғаў комитети басшыларына, халық аралық тәжирийбеге тийкарланып, Тәбиятты қорғаў миллий бағдарламасын ислеп шығыў тапсырылды.
Бунан тысқары, республикадағы шығынды жыйнаў системасы да сын анализленди. Сонлықтан, қаладағы шығындыларды үлги жойбар тийкарында оптималластырыў, аўыл халқын да санитар-тазалаў хызметлери менен қамтып алыў бағдарында 5 жыллық бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Президент Өзбекистанның 9 қаласында шығындыны жыйнаў ҳәм қайта ислеў кластерлерин иске қосыў бойынша тапсырма берди. Бул бағдарда Сурҳандәрьяда шөлкемлестирилген кластер искерлиги үлги сыпатында көрсетилди.
Еслетип өтемиз, Президенттиң 2017-жыл 21-апрельдеги пәрманына муўапық, Өзбекистан Республикасы Экология ҳәм қоршаған-орталықты қорғаў мәмлекет комитети қайта шөлкемлестирилип, оған экологиялық жағдайды жақсылаў, хожалық шығындыларды жыйнаў, сақлаў, тасыў, утилизациялаў ҳәм қайта ислеў бағдарындағы үлкен ўазыйпалар қойылған еди.
    2018-02-05 12:54:51 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine