Prezident Túrkmenstanǵa baradı
Derek: president.uz
Президент Шавкат мирзиёев 10-11-октябрь күнлери Ашхабад қаласында болып өтетуғын Ғәрезсиз мәмлекетлер Дослық аўқамы Мәмлекет басшыларының кеңеесиниң нәўбеттеги жыйналысына қатнасады.
Жыйналыста Дослық аўқамы шеңберинде көп тәреплеме шерикшиликти раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қаратылган комплекс мәселелерди додалаў, сондай-ақ, тәреплерди қызықтырған халық аралық машқалалар бойынша пикир алмасыў режелестирилген. Сондай-ақ, Өзбекстан Президенти ҒМДА саммитиндеги қатнасыўы шеңберинде Ашхабадта бир қатар мәмлекетлердиң басшылары менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди.