Президент Шавкат Мирзиёев Жиззахқа келди
Бүгин, 6-ноябрь күни Жиззахта атақлы мәмлекет ҳәм жәмәәт ғайраткери Шараф Рашидов туўылған күниниң 100 жыллығына арналған салтанатлы илажлар өткериледи.
Өзбекистан Республкиасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы салатантта қатнасыў ушын Жиззах қаласына келди, деп жазады asr.uz.
Мәмлекетимиздиң барлық аймақлары ҳәм сырттан келген мийманлар Жиззах темир жол вокзалында салтанатлы күтип алынды.
Мәмлекетимиз баслығының усы жыл 27-марттағы «Атақлы мәмлекет ғайраткери жазыўшы Шараф Рашидов туўылған күниниң 100 жыллығын белгилеў ҳаққында»ғы қарарына муўапық Жиззахта бул ўақыяға таярлық көрилген. Шараф Рашидов аты менен аталыўшы майдан ҳәм музейде үлкен қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылған. Көше ҳәм бағлар байрамға сәйкес безелген.