Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Prezident Qaraqalpaqstanda jumısın toqtatqan isbilermenlerdiń kóbeygenin keskin sınǵa aldı



Derek: kknews.uz
 
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев басшылығында 23-июль күни киши бизнес ҳәм исбилерменликти еле де раўажландырыў мәселелерине арналған видеоселектор жыйналысы өткерилди.
«Киши бизнес тараўында жумыс алып бармай атырған кәрханалар саны елеге шекем жоқары болып қалмақта. Қарақалпақстанда бул көрсеткиш 30 процентти қурап, Нөкис қаласында 35, Елликқала районында 34, Қоңыратта 33 процент екенлиги анықланған. Жумыс алып бармай атырған 4 мың кәрханада өткерилген үйрениўлер нәтийжеси соны көрсетеди, олардың 1458 и (36 процент) айланба қаржылар ҳәм кредит алыў ушын гиреў болатуғын мүлк жоқ екенлигинен, 681 и (17 процент) жер ҳәм имарат ажыратыў, қурылыс ҳәм инженерлик тармақларына жалғаныў ушын рухсат алыў мәселелери шешилмегени, қарызы көбейип кеткенликтен жумысларын тоқтатқан.
Ең аянышлысы, жер, имарат ажыратыў машқалаларын өз орнында шешиў мүмкин. Кредит алыў ушын гиреў, мүлк болмаса, қамсызландырыў механизминен пайдаланыўға болады. Енди ҳәкимлер ҳәптесине үш күн усындай мәселелер менен шуғылланады», – деди Шавкат Мирзиёев.
 
    2019-07-24 17:57:54 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine