Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Президент пәрманы: Өзбасымшалық пенен қурылған имаратларға мүлк ҳуқықы тән алынады



Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың «Пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳәмде өзбасымшалық пенен қурылған турақ жайларға мүлк ҳуқықын тән алыў бойынша бир мәртелик улыўма мәмлекетлик акциясын өткериў ҳаққында»ғы Пәрманы имзаланды.
Усы  Пәрман үй-жайға тийисли ҳуқықлардың әмелге асырылыўы ҳәм халықты социаллық қоллап-қуўатлаў ушын қолайлы шәраятлар жаратыў, жер участкаларынан ақылға муўапық ҳәм нәтийжели пайдаланыў, сондай-ақ, пуқараларға тийисли болған турақ жайларды мәмлекетлик дизимнен өткериўге көмеклесиў мақсетинде қабыл етилген.
Пәрман менен пуқаралардың өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкалары яки имарат қурыў ушын рухсатнама алмастан қурылған турақ жайларына мүлк ҳуқықын тән алыў бойынша бир мәртелик улыўма мәмлекетлик акциясы жәрияланды.
Оған муўапық, 2019-жыл 1 майға  шекем усы  Пәрман қабыл етилгенге шекем қурылыс мақсетлери ушын ажыратылмаған жер участкаларында яки имарат қурыў ушын рухсатнама алмастан қурылған турақ жайға, яғный өзбасымшалық пенен қурылған имаратқа мүлк ҳуқықы усы объектке өз жеке мүлки сыяқлы ҳадал, әшкара ҳәм турақлы ийелик қылып атырған шахсқа төмендеги шәртлер тийкарында:
- Усы жер участкасы (участканың бир бөлеги) оған нызам ҳүжжетлерине муўапық турақ жай қурыў ушын ажыратылыўы мүмкин болмаған жер майданында жайласпаған болса;
- өзбасымшалық пенен қурылған имарат қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдалары талапларын бузбай атырған болса, сондай-ақ оның сақланып қалыныўы басқа шахслардың ҳуқықларын ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузбаса ямаса пуқаралардың өмирине және денсаўлығына қәўип туўдырмаса тән алынады.
Өзбасымшалық пенен қурылған имаратқа мүлк ҳуқықы тән алынбайтуғын  анық жағдайлар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.
Өзбасымшалық пенен қурылған имаратқа қарата мүлк ҳуқықы:
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарына тийкар шөлкемлестирилетуғын Көшпес мүлкке  ҳуқықты тән алыў жумысларын шөлкемлестириў бойынша комиссияның усынысына тийкар район (қала) ҳәкиминиң қарары менен;
- улыўма мүлк ҳуқықы ҳаққындағы пуқаралық ҳәм шаңарақ ҳаққында нызам ҳүжжетлериниң қағыйдаларына әмел қылыў шәрти менен;
- ең кем айлық ис ҳақының бес барабары муғдарында бир мәртелик жыйым төленгеннен кейин әмелге асырылады.
Өзбасымшалық пенен қурылған имаратқа мүлк ҳуқықын тән алыўда мүлкдарға ол қурылған жер участкасына (участканың бир бөлегине) нызам ҳүжжетлеринде белгиленген нормалар шеңберинде мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик қылыў ҳуқықы берилип, артықша бөлеги Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 121-статьясында нәзерде тутылған жәрийма салынбастан резерв жерлерге алып қойылады.
Сондай-ақ, Пәрманда бир мәртелик акцияның әмел қылыў мүддети тамамланғанға шекем:
- судларға өзбасымшалық пенен қурылған имаратларды бузып таслаў бойынша даўа киритиўди тоқтатып турылыўын, нызам ҳүжжетлерине тийкар турақ жай қурыў ушын ажыратылыўы мүмкин болмаған жер майданында жайласқан жер участкасында қурылған объектлар буған кирмейди;
- судлардың турақ жай сыпатында пайдаланылып атырған өзбасымшалық пенен қурылған имаратларды бузып таслаў ҳаққындағы көрип шығылып атырған даўлар ҳәмде орынланбаған қарарлары бойынша белгиленген тәртипте келисим питимлери дүзилиўин тәмийинлеў нәзерде тутылған.
 
Дерек: Тахтакөпир район ҳәкимлиги
    2018-04-26 07:12:44 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine