Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Президент Өзбекистанда интернет тезлигин кеминде 4 есеге арттырыў, баҳасын кескин арзанлатыў бойынша тапсырма берди



9-январь күни Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында информация-технологияларын еле де раўажландырыў ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған ис-илажлар нәтийжелилигине арналған жыйналыс болып өтти.
Президент баспасөз хызмети хабарына қарағанда, жыйналыста Өзбекистан Республикасы Бас министри, оның орынбасарлары, тийисли министрлик ҳәм шөлкемлер басшылары қатнасты.
Президент информация технологиялары тараўында ислениўи керек жумыслар көп екени ҳәм ерисилген нәтийжелер басқа мәмлекетлерге қарағанда анағурлым төмен екенин айтты.
Мысалыға: информация технологиялары тараўының мәмлекет улыўма ишки өнимлердеги үлеси Қубла Кореяда 9 процент, Японияда – 5,5 процент, Қытай ҳәм Ҳиндистанда – 4,7 процент, Өзбекистанда сондағы 2,2 процентти қурайды. Буны информация-коммуникация раўажланыў индекси рейтингиндеги 176 мәмлекет ишинде Өзбекистан 95-орынды ийелегени дәлийллеп турыпты.
«Интернеттен 20 миллион халық пайдаланады, деп есабат бергенсизлер. Бирақ, миллий Интернет арқалы усынылатуғын хызметлер шеңбери жүдә шекленгени себепли, халықтың айырым бөлеги Интернеттен тек ғана Телеграмда жазыў ушын пайдаланады», - деди Президентимиз.
Жуўаплыларға Интернет баҳасын кескин арзанлатыў, тезлигин кеминде 4 есеге арттырыў, 2020-жылға шекем болса ҒМДА мәмлекетлери дәрежесине жеткериў ис-илажларын көриў бойынша тапсырмалар берди.
    2018-01-10 07:16:43 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine